Статья опубликована в рамках: Научного журнала «Студенческий» № 21(107)
Рубрика журнала: Искусствоведение
Скачать книгу(-и): скачать журнал часть 1, скачать журнал часть 2, скачать журнал часть 3, скачать журнал часть 4
ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ САЗ ӘСБАПЛАРЫНЫҢ КЕЛИП ШЫҒЫЎ ТАРИЙХЫ ҲӘМ ОНЫҢ ТҮРЛЕРИ
Қарақалпақ музыка мәдениятының жоқары дәрежеде раўажланып, бийик шыңларға жетиўинде миллий саз әсбапларымыз әзелден салмақлы орын ийелеп келген. Бай ғазийнемиз болған миллий саз әсбапларымыздың пайда болыў сағасы б.э.ш. IV әсир ҳәм I әсирине тийисли тастыйқлайды. Көплеген археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде үлкемиздиң бир қанша ески қалаларынан, мәселен Қойқырылған қаладан б.э. III әсирине тийисли Топырақ қаладан мўйешли арфаданың суўрети салынған фрагментлердиң табылыўы сол дәўирлерден-ақ, халықтың саз-сәўбетке болған ықласынан дерек береди ҳәм саз әсбаплардың пайда болыў дәўирин анықлаўда анық дәлил бола алады. Рус илимпазлары С.Р.Толстов басшылық еткен Хорезм экспедициясының ағзасы, көп жыллардан бери музыка әсбаплары бойынша изертлеў жумыслары менен шуғылланып киятырған илимпаз Р.Л.Садоков өзиниң бир қанша бахалы пикирлерин айтып өтеди: «Қойқырылған қаладан табылған мўйешли үлкен арфа сияқлы дуўтар қәлпиндеги әсбаптың Орта Азияның антик дәўирине тән болған көриниси ең дәслепки ҳәм бүгинги күндеги биринши гуўасы болып табылады. Буннан тысқары ол улыума Орта Азиялы арфаның күтә ертедеги көриниси болып есапланады. Ең әхимийетлиси-бул еки жағдайда да Хорезмниң жоқары дәрежедеги нәзик музыкалық мәдениятқа ийе болған ел екенлигин көремиз».
Бул табылма Орта Азияның бәрше халықлары қатарында бизиң қарақалпақ халқының да ерте заманлардан баслап-ақ өзиниң көркем-өнерине, жоқары дәрежедеги бай музыка мәдениятына ийе болғанлығынан дерек береди. Бирақ сол дәўирдеги халықты жаўлап алған Араб басқыншыларының ҳәрекетлери музыкаға тән әсбапларымыздың бир қанша ўақыт даўамында халық арасында көзге көринбей кетиўине себеп болды. Олар бәрше саз әсбапларымызды ҳәтте оларды халыққа инам ететуғын атқарыўшылары менен бирге жоқ қылып жиберген еди.
Араблар Орта Азияны жаўлап алғаннан кейин Ислам дини менен бурынғы барлық мәдений байлықларды сыпырып таслаўға урынып, сазды «шайтанның иси, елге апат келтиреди», -деп халықтың кеўил көтерип, еркин өмир суриўин қадаған етти.
Қарақалпақ халқының арасында әзелден саз ҳәм қосықлар кең ен жайған болыўына қарамастан тийкарғы миллий саз әсбапларымыз көпшиликти қураған емес. Булар арасында тартқыштың жәрдеми менен шертилетуғын тарлы әсбаплардан қобыз ҳәм гиржек, бармақ пенен шертилетуғын-баламан, сырнай, үшпелек ҳәм урып шертилетуғын әсбаплардан дәп әсбаплары бизге шекем жетип келген.
Әсбаплар арасында бай тарийхқа ийе қобыз, дуўтар, баламан, шыңқобызлар қарақалпақ халқының миллий саз әсбаплары болып, буннан басқалары болса басқа туўысқан халықлар музыка мәдениятының тәсири астында бизге шекем жетип келген болыўы итимал. Бирақ бул дегени буннан алдын қарақалпақ халқы арасында басқа да әсбаплардың түрлери болмаған ямаса қәлиплеспеген деген пикирлердиң жузеге келиўи мумкин емес. Себеби дәўирлер жылжыўы даўамында неше бир жоқарыда келтирип өткен арфа сияқлы ямаса басқа да саз әсбаплардың талай түрлери пайда болып кеткенликлерине хеш қандай гүман келтирип шығармайды.
Тарлы саз әсбаплар топары
Қобыз. Қарақалпақ халқы арасында келип шығыўы жағынан ең ески, халқымыздың қаншадан қанша тарийхый уақиялардың гуўасы, музыка мәдениятымыздың алтын ғазийнеси болып қәдирленетуғын миллий саз әсбаплардың бири-қобыз. Дереклерге қарағанда қобыз әсбабы VI әсирде пайда болған. Қобыз әбабын еситкенимизде оның даўысы ерксиз ерте тарийхты көз алдымызға келтиреди. Бул әсбаптың тембры басқа әсбапларда ушыраспайтуғын тәбийи сес көлемине ийе. Ески аңызларға қарағанда қобыз сести, оның намалары ҳәр қыйлы аўырыўларды, жын-жыпырларды, ҳәттекеи өлимди де қашырыўшы күшине ийе болған делинген. Бул әсбап хаққында көп ғана илимпазлардың мийнетлеринде келтирип өтилгенлерин көриўимиз мүмкин. Мәселен, «XI әсирдиң уллы илимпазы Махмуд Қашқарий өзиниң «Девону луғатит-турк» атлы мийнетинде музыкалық әсбаплардан қобыз (I –том 450 бет. Ташкент, 1960). Және де музыка тийкарын жоқары дәрежеде билген XVI- әсирдиң музыканты Султан Увайис болса өз дөретиўшилиги даўамында рубабтың грифин өзгертип, бир қанша узайтыў жолы менен қобыз әсбабын ойлап табыўға ерискен.
Қобыз ең әйиемги түрк әсбабы болып халқымыздың әзелден киятырған жағымлы сазы екенлиги туўралы шығыс халықларының руўхиятында мәнги сақланып Қорқыт ата туўралы аңызларында да көплеп көрсетиледи. Қобыздың пири IX-X әсирлерде жасаған Қорқыт ата ҳәм Дийуанайы бурық деп еситемиз. Қобыз әсбабы әзелден қарақалпақ халқы арасында қахарманлық дәстанларының атқарыўшылары болған, тарийхты бизге шекем жеткериўде үлкен қосқан жыраўлар тәрепинен пайдаланылған.
Дуўтар. Дуўтар әсбабы қарақалпақ халқы арасында оғада кең таралып, мақтанышлы миллий мийрасымызға айланып, әсирлер даўамында ҳәр қандай тарийхый жағдайларда, қуўаныш-қайғысында, той-мерекелеринде бирге өмир сүрип киятырған миллий байлығымыз болып есапланады. Бул әсбап «Қарақалпақларда XV әсирдиң ақыры, XVI әсирдиң басларында жүдә кеңнен тараған саз әсбап қатарына киреди, деген болжаўлар да бар. XV әсирдиң ақыры, XVI әсирдиң басларында қарақалпақ дуўтары еки түрли болып соғылған. Биринши түри пердесиз болса, екинши түри пердели болған» деп келтирип өтеди Қ.Айекеев өзиниң «Дуўтар тарийхы. Дуўтар шертиў ҳәм соғыў усылы» атлы китабында.
Әсбаптың сөзлик мәнисине келетуғын болсақ, дуўтар парс тилинен алынған болып «ду»-еки, «тар»-тар (сым) яғный «еки тарлы әсбап» деген мәнини аңлатады. Бул әсбаптың соғылыўы тийкарынан еки усылда: бириншиси қазба ямаса ойма дуўтар, екиншиси қурама дуўтар деп журитиледи. Халқымыз арасында қобызды жыраўлар жырлап шерткен болса, дуўтар шертиўшилерди «сәзенде» деп, ал оны шертип қосық айтыўшыларды «бақсы» деп атаған. Дуўтар бармақ пенен шертилетуғын музыка әсбапларының бири.
Демли саз әсбаплар топары
Баламан. Музыка мәдениятымызда үплеў арқалы шертилетуғын қос тили музыкалық саз әсбапларымыз қатарына киретуғын баламан әсбабы қарақалпақлар арасында әзелден-ақ таралған. Ол ағаштан исленип, корпустың ортасында 5мм, аралары бир қәлипте жайласқантесиклери болып, олардың саны сегизге шекем барады. Бул әсбап өзбеклерде, тәжик, әзербайжан ҳәм қарақалпақларда да ушырасады. Баламан гиржек әсбабына уқсап, көбинесе ансамбльде дуўтар менен бирге бақсыларға қосылып қолланылған. Республикамызға белгили қарақалпақ бақсысы ҳәм мелодист-композиторы Ж.Шамуратов, сондай-ақ, туркмен бақсыларының ең көрнекли үәкиллериниң бири Суйеу бақсы ҳәм оның мектебинен жетилисип шыққан бақсылар да баламанды жанапайға шертиўди дәстурге айландырған. Баламан симфониялық оркестр қурамына куриўши кларнет әсбабына уқсап төменги тәрепинде бас бармақ пенен басылатуғын тесиги болады
Әдебиеттер тізімі:
- Айгул Надырова, Қарақалпақ музыка тарийхы, «Sano-standart» баспасы Ташкент-2018
- Қабыл Мақсетов, Қарақалпақ жыраў бақсылары, «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис-1983
- Қаллы Айымбетов, Халық даналығы, «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис-1968ж
- Т. Адамбаева. Революцияға шекемги қарақалпақ музыкасы. «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис-1976ж
- Қ.Айекеев «Дуўтар тарийхы. Дуўтар шертиў ҳәм соғыў усылы» 8-9 бетлер
Оставить комментарий